Кубан мәмлекетлик университети менен бирге ислесиў бойынша диалог атамасында илимий-методикалық семинар болып өтти

Усы жылдың 21-май күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шет тиллери факультети мәжилислер залында Россия Федерациясының Кубан мәмлекетлик университети ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты арасында бирге ислесиў бойынша диалог атамасында илимий-методикалық семинар болып өтти.
Семинарды институттың шет тиллери факультети деканы Илья Дильманов басқарып барды.

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң өткен жылдың октябрь айында елимизге мәмлекетлик сапары шеңберинде шөлкемлестирилген Өзбекстан-Россия билимлендириў форумы жоқары билимлендириў тараўындағы биргеликте ислесиўди пүткиллей жаңа басқышқа көтериўде жаңа имканиятларды ашқан еди.

Усы жылдың март айында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры басшылығындағы делегация Россия Федерациясы Кубан мәмлекетлик университети ректоры М.Астаповтың қабыллаўында болып, еки жоқары оқыў орны арасында профессор-оқытыўшылар, студентлер ҳәм докторантларды алмасыў, биргеликте илимий-педагогикалық изертлеў жумысларын алып барыў, магистратура қәнигеликлеринде биргеликте кадрлар таярлаў мәселелери бойынша бирге ислесиў шәртнамасын дүзген еди.
Шәртнама тийкарында усы жылдың 18-26-май күнлери аралығында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Россия Федерациясының Кубан мәмлекетлик университетинен 5 профессор-оқытыўшы студентлерге сабақ өтиўи белгиленген еди. Ҳәзирги ўақытта институттың педагогика, шет тиллери, мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим, сондай-ақ, математика-информатика факультетлеринде россиялы профессорлар жасларға педагогикалық бағдарда сабақлар өтпекте.

Семинарда жоқары оқыў орынлары арасындағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары, сондай-ақ, шет тиллерин оқытыўды жетилистириў мәселелери бойынша пикир алмасылды.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.