Химия-биология факультетинде «Халықаралық биологиялық көп түрлиликти қорғаў күни»не арналған семинар болып өтти

Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитетиниң (ӨзРЭҳҚОҚМК) 2019-жыл 3-майдағы 0303/1-2236-санлы ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2019-жыл 6-май күнги 87-04-922-санлы хатларына муўапық, жоқары оқыў орынларында «22-май Халықаралық биологиялық көп түрлиликти қорғаў (БКТҚ) күни»н усы жылы «Бизиң биокөптүрлигимиз, бизиң азығымыз, бизиң саламатлығымыз» ураны астында өткериў белгиленген еди.

Усы бағдарда экологиялық билимлендириўди жасларға енгизиў мақсетинде 22-май күни Химия-биология факультетиниң «Зоология, адам морфофизиологиясы ҳәм оны оқытыў методикасы» кафедрасының профессор-оқытыўшылары, факультет студентлери, «Жас зоолог» дөгерегиниң ағзалары ҳәмд ӨзРЭҳҚОҚМК Қарақалпақстан бөлими «Биологиялық көп түрлиликти қорғаў» секторы баслығының орынбасары А.Айдарбековтың катнасыўында экологиялық семинар жумысы алып барылды.