Институтымыз проректоры Рашид Ибадуллаев өзи оқыған мектебине китаплар саўға етти

Институтымыздың қаржы ҳәм экономика ислери бойынша проректоры Рашид Ибадуллаев 25-май күни өзи оқып билим алған Шымбай районындағы 14-санлы улыўма билим бериў мектебине барып, оқыўшыларға, сондай-ақ, мектеп китапханасы ушын 50 дана китап саўға етти.
Усы күни мектепте өткерилген оқыў жылының жуўмақларына арналған илажда шығып сөйлеп, питкериўшилерге әўметлер тиледи.
