Институт проректоры Полатбек Калханов Нөкис районындағы өзи оқыған мектебине китаплар саўға етти

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты проректоры Полатбек Калханов өзиниң оқыған Нөкис районы Шортанбай аўыл пухаралар жыйыны аймағындағы 3-санлы орта мектепке барды.

Ол өзи оқыған мектепке 25 атамадағы әдебий ҳәм илимий китапларды саўға етти. Илажға Нөкис районы ҳәкими Әжинияз Сейтахов, Нөкис районы халық билимлендириў бөлими баслығы Тимур Оразбаев, Шортанбай аўыл пухаралар жыйыны баслығы Аташов Турсынбай, Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры, физика-математика илимлери докторы, профессор Қанатбай Исмайлов, 3-санлы орта мектеп директоры Юсипбай Аташов қатнасты.

Илажда питкериўши оқыўшылар 1-классқа келип атырған оқыўшыларға саўғаларын тапсырды.

Профессор Қанатбай Исмайлов бул мектеп ҳаққында, устазлары ҳаққында тереңирек айтып өтер екен, усы мектепте алған билимлерин жетилистирип, илим докторы, профессор болғанға шекемги қыйыншылықлы ҳәм қуўанышлы демлерди айта келип, кейинги орынларда ел ҳүрметине сазаўар болғанлығы ҳаққында тоқтап өтти.

Полатбек Калханов болса бул мектептен ҳәр қыйлы пәнлерден жетик муғаллимлер сабақ бергенин айта келип, устазларына тәзим етти. Келешек жасларға алдағы илимий ҳәм педагогикалық жумысларына тасқын табыслар тилеп қалды.

Илаж ойын-заўық пенен көтериңки руўхта даўам етти.