Институтымызда сабақ өткен Кубан мәмлекетлик университети профессор-оқытыўшыларына миннетдаршылық хатлары тапсырылды

Кубан мәмлекетлик университетинен келип институтымызда сабақ өткен профессор-оқытыўшыларға оқыў ислери бойынша проректор М.Жумамуратов институтымыз атынан миннетдаршылық билдирди ҳәм оларға «Миннетдаршылық хат»ларын тапсырды.

Олар усы жылдың 19-май күни институтымызға келип, бир ҳәпте даўамында рус тили ҳәм әдебияты, инглис тили ҳәм әдебияты, педагогика ҳәм психология, баслаўыш тәлим ҳәм математиканы оқытыў методикасы тәлим бағдарларында сабақ өтти.