Тарийх-география факультетинде «Мен сүйген китап» ураны астында китапқумарлық жарысы болып өтти

Өзбекстан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёев усы жылдың 19-март күни өткерген видеоселектор жыйналысында жаслардың тәлим-тәрбиясы ушын қосымша шараятлар жаратыў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге бағдарланған комплексли илажларды өз ишине алған 5 басламаны әмелиятқа енгизиў бойынша тапсырмалар берген еди.

Жаслардың руўхый дүньясын жетилистириў, олар арасында китапқумарлықты кең үгит-нәсиятлаў илажлар бағдарламасының жойбары төртинши басламаның мақсетлерин әмелге асырыўға бағдарланған.

Усы басламалардан келип шығып, институттың тарийх-география факультетинде студентлер арасында факультет китапханашысы З.Айтбаева басшылығында «Мен сүйген китап» ураны астында китапқумарлық жарысы болып өтти.

Оған факультетте китап оқыўға қызығатуғын 30 дан аслам студентлер қатнасты.