Институтымыз студентлери халықаралық «Онлар аўқамы» конференциясына қатнасты

Усы жылдың 31-май ҳәм 2-июнь күнлери аралығында институтымыздың студентлери – тарийх-география факультети студентлери Аълохон Абдуллаева, Сарвар Қосимов, Ирода Тўлиева, Эргаш Аллабергенов, Дурдона Түркменбаева, шет тиллери факультети студенти Дилноза Қыдырбаева, математика-информатика факультети студентлери Шахвал Маратова, Айсулыў Утепбергенова, химия-биология факультети студенти Лобар Ражаббаевалар Ташкент қаласындағы Жаслар орайында болып өткен халықаралық «Онлар аўқамы» конференциясына қатнасты.
Халықаралық «Онлар аўқамы» 9 халықаралық шөлкем ҳәм Өзбекстан Республикасы парламентиниң симуляциясы болып табылады. Конференция дүнья жүзилик машқалалар және социаллық-экономикалық машқалалар менен гүресип атырған халықаралық тән алынған шөлкемлердиң моделин жаслар тәрепинен талқыланатуғын халықаралық конференция сыпатында тән алынған.
Конференцияда студентлер парламент модельлери менен танысып, өз пикир ҳәм усыныслары, қызықлы дискуссиялары менен белсене қатнасты.
Илаж жуўмағында студентлеримиз «Онлар аўқамы»ның QR кодлы лицензияланған ҳәм патентленген халықаралық сертификатлары менен сыйлықланды.