Физика-мийнет факультетинде «Китап – мениң достым» атамасында китапқумарлық илажы болып өтти
Өзбекстан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёев усы жылдың 19-март күни өткерген видеоселектор жыйналысында жаслардың тәлим-тәрбиясы ушын қосымша шараятлар жаратыў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге бағдарланған комплексли илажларды өз ишине алған 5 басламаны әмелиятқа енгизиў бойынша тапсырмалар берген еди.
Жаслардың руўхый дүньясын жетилистириў, олар арасында китапқумарлықты кең үгит-нәсиятлаў илажлар бағдарламасының жойбары төртинши басламаның мақсетлерин әмелге асырыўға бағдарланған.
Усы басламалардан келип шығып, институттың физика-мийнет факультетинде «Китап – мениң достым» атамасында китапқумарлық илажы болып өтти.
