«Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен институт жанындағы тигиў цехы баслығы Тамараханум Жумағалиева ҳәм «Илим ҳәм жәмийет» журналының жуўаплы хаткери, «Нөкис пединституты» газетасы бас редактор орынбасары Дилфуза Догаровалар «Меҳрийбанлық үйи» тәрбияланыўшыларына саўғалар уласты

Усы жылдың 1-июнь күни «Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен институт жанындағы тигиў цехы баслығы Тамараханум Жумағалиева ҳәм «Илим ҳәм жәмийет» журналының жуўаплы хаткери, «Нөкис пединституты» газетасының бас редактор орынбасары Дилфуза Догаровалар  Тақыятас районлық «Меҳрийбанлық үйи»нде болды ҳәм  тәрбияланыўшыларға  тилеклер айтып, өз  саўғаларын тапсырды. Байрам байрамға уласқандай бул жерде балалар үйиниң тарбияланыўшыларынан бес баланың үлкен сүннет тойыда  берилди. Байрамда келген мийманларға балалар үйиниң кишкенелери ҳәм эстрада қосықшыларының концерт бағдарламасы қойып берилди. Көзлери жаўдырасқан  бул  жердеги балалардың қуўанышы кеўлиңди шексиз толқынландырады.