ӨЗБЕКСТАН ХАЛЫҚ ШАЙЫРЫНЫҢ ЮБИЛЕЙИНЕ БАҒЫШЛАНҒАН КИТАП ЖАРЫҚ КӨРДИ

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Жийенбай Избасқановтың 70 жыллығына бағышланып, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Қаракалпақ әдебияты кафедрасының усынысы менен «Жийенбай ҳәм апрель жаңбыры…» атамасындағы китап баспадан шықты. Китапты баспаға «Нөкис пединституты» газетасының хызметкери Абдиқадир Қаипов таярлап, профессор К.Алламбергенов тәрепинен редакторланған ҳәм филология илимлериниң докторы Жалғас Хошниязов пикир билдирген. Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақ халық шайыры Кеңесбай Каримовтың алғы сөзи менен басланған бул китапқа Москвалы әдебий сыншы И.Л.Гринберг, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан халық шайыры Ибрайым Юсупов, филология илимлериниң докторлары Қурбанбай Жаримбетов, Қуўанышбай Оразымбетов, Кеңесбай Алламбергенов, доцент Бахтияр Генжемуратов, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириўиниң ағласы Жаңабай Әбдиреймов ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы жанындағы Поэзия кеңеси баслығының орынбасары Абдиқадир Қаиповлардың Ж.Избасқанов дөретиўшилигине арналған мақалалары киритилген.
Ислам МАТЕКОВ,
НМПИ Баспасөз хаткери.