Жоқары оқыў орынлары ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкемлери арасында өткерилген таңлаўда институт басланғыш шөлкеми 1-орынды ийеледи

Жоқары оқыў орынларында оқып ҳәм жумыс ислеп атырған ҳаял-қызлардың тийкарғы тиреги ҳәм сүйенишине айланған ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкемлери елимиздеги раўажланыўларға үлес қосып атырған ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин, еркинликлерин тәмийинлеп келмекте.
Жоқары оқыў орынларындағы ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкемлери арасында «Ең үлгили ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми» таңлаўы болып өтти.
Оған Қарақалпақстандағы барлық жоқары оқыў орынларында жумыс алып барып атырған басланғыш шөлкем баслықлары қатнасты.
Таңлаў жуўмағына муўапық, институтымыздың ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми баслығы Б.Арзиева 1-орынды ийеледи ҳәм таңлаўдың келеси басқышына жоллама алды.