Cуў бар ма деп соза-соза… (НМПИ студентлериниң Аралға еки күнлик экспедициясынан жол дәптер)

Буннан бир неше ай алдын Япониядан бир қатар илимпазлар келип, Арал теңизин өз көзлери менен барып көрип, соң институтымызда теңиз ҳәм оның бүгини, ертеңи ҳаққында сәўбетлесиў өткерген еди. Сонда илимпазлардан бири «Биз Япония мектеплеринде окыўшыларға Арал дерлик жоқ болып кеткен теңиз, деп қәте үйретип жүр екенбиз, ол еле де мәўжирип тур екен ғой» деген еди…
Жаслығымыздан Арал туўралы көп еситип, оқығанбыз. Өзбекстан Қаҳарманы И.Юсуповтың:
…Теңиз, теңиз деп жуўырысқан баллар,
Мениң зияратымның қасына барып,
Еске алса қосығымды төрт қатар,
Руўҳым шад болып, бир аўнап жатар, – деген қатарлары тап маған айтылғандай-ақ болып туйылатуғын еди. Нийетиң жолдасың! Президентимиздиң Мойнаққа, Арал теңизине итибары себеп 2017-жылы Мойнақ қаласындағы Әжинияз ҳам Бердақ дөретиўшилиги бойынша өткен халыкаралық фестиваль шеңберинде кемелер қәбиристанына да барған едик. Ал, жақында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педогогикалық институты тәрепинен 8-9-июнь күнлери Үстирт платосы ҳәм Арал теңизине илимий экспедиция шөлкемлестирилди. Үстирт платосында жайласқан археологиялық мәдений мийрас объектлерин ЮНЕСКОның мәдений мийраслар дизимине киргизиўди мақсет еткен ҳалда олардың жағдайларын үйрениў ҳәм эксперт жуўмақларын таярлаўды, Үстирт платосы ҳәм Арал теңизи аймағында флора ҳәм фаунаның бүгинги жағдайын бақлаў тәризинде үйрениў, соннан тәбийғый шараятта өсиўши дәрилик өсимликлер бойынша материаллар топлаўды өз алдына мақсет еткен экспедицияға түрли тараў ўәкиллеринен – жәми он еки адам қатнасты.
8-июнь күни таңда Нөкистен шығып, Қоңырат арқалы Үстирт кеңисликлерине жол алдық. HOLLYWOOD фильмлеринде АҚШтың Техас, Оризона сыяқлы штатларын көрсеткенде тап қолдан жонылғандай таўсымақ каньонларына таңланысып қарар едик. Үстирттиң гедир-будыр жолларында жол таңламас машиналар ишинде әсте тербелип турған бесиктеги бала сыяқлы силкинип-силкинип барар екенбиз, Ўатанымыздың қаншелли кең екенлигин және бир аңлағандай болдық. И.Юсуповтың «Ўатан» қосығындағы мына қатарлар ериксиз және ядқа түсти:
Туўған жер деп аталған сениң бул мүйешиңди,
Шарбақ пенен бөлип алып сүйиў маған жат!

«Судочье» көли жанында машиналар кәрўанымыздың иркилиўи менен гөззаллыққа қумартып ҳәммемиз ҳәр жақка тарап кеттик. Химия-биология факультетиниң студентлери қолларына кишкене саплы беллерин, алып топырақ қатламын, ондағы өсимлик түрлерин анықлаўға кирисип кетти. Сүўретлеў өнери қәнигели студентлери май қәлемин алып, көгис дөнип турған көл сүўретин сызғанша, филология факультетиниң жас қалемкешлери бираз қосық қатарларын қаралаған болды.


Айдарҳалық турпатты өзиңнен көрдим,
Бир шежире сыр хатты өзиңнен көрдим,
Баўыры тас қатып атқан қумлықларға
Телмирген Фарҳадты өзиңнен көрдим…

Күн төбеге келген пайты көликлеримизге минип ойдағы балықшылардың қосында түсленип, тағы жолға түстик. Гезектеги мәнзил – Ақтумсық. Мәнзилге жеткенше күн де аўа келди. Бийиктеги тумсықтан турып теңизге нәзер таслар екенбиз, бир топар туристлердиң де толқынланып, кыйқыў салысып атырғанын көрдик. Ҳәр бир өткен ўақытты ғәниймет билген сүўретши, биолог, қәлемкешлеримиз тағы да өз исине кирисип кетти. Күн батып, көкте айға қоса ноқаттай-ноқаттай жулдызлар пайда бола баслағанда төменледик те теңиз жанындағы қараүйлерде кешлик қылдық. Соң күн бойы төбеликлерге бирде көликли, бирде жаяў минип түсип шаршағаымызға қарамай дерлик таң ағара баслағанша от әтирапында отырып, әңгиме дүкәнын қурдық. Экспедиция баслығымыз Байрам аға Өтеўлиев «бул жерде ҳәр күни қонақ болады, көпшилиги шет елли туристлер, азанда ертерек жолға түсемиз, болмаса оларға қараүйлер жетиспей калыўы мүмкин» дегеннен соң орнымызға барып бираз көз илиткен болдық. Ертеңине азанғы ҳалқастан соң туўры теңиз бойына атландық. Мектеп сабақлығымызда бурын мынадай жумбақ болатуғын еди:
Суўға толы әтирап,
Ишалмайсаң сен бирақ.

Жуўабы теңиз суўы еди. Теңиз суўының шор болатуғынын билсек те өзимизди ирке алмай Аралға бойымызды аттық. Жумбақта айтылғанынша бар екен. Көз кәсаңа түскен тамшы көз алдыңды булдыратып, ашытып жибереди, аўыз мурныңнан киреғойса бир қысым дуз жутқандай-ақ боласаң…
Көзлеримиз ашып атса да, жүзип қолларымыз талып, маўқымыз басылғанша шомылдық. Теберик деп теңиз суўын желим ыдысларға қуйып алдық. Азамат ҳәм Нурназарлар (билологлар) жағадағы бақаншақлы топырақты илимий изертлеў ушын пакетлерге салып атыр еди, «табаның тийген жер болса болды, ўатан топырағы деп қысымлап алып кетежақсыз ба» деп ҳәзиллескен болдық. Нөкистен өзимиз бенен алып шыққан суўларға жүз қолларымызды жуўдық та Қорғанша естелигине бағдар алдық.

Тарийх ҳәм география факультети студенти Ш.Генжегулов тарийхый қорған жанында турып, өзиниң оқыған ҳәм көргенлерин салыстырып, телевидение хызметкерлерине интервью бере баслады. «XII-XIII әсирлерде ата-бабаларымыз тәрепинен киши қорған есабында салынған бул естелик бир неше рет суў басқыны астында қалғанын ондағы тасларға жабысып алған майда личайниклерден де бақлаўымызға болады. Қорған минарасы жонылған таслардан шеберлик пенен айлана қыя формасында өрилген. Әтирапы пәскелтек диqўал менен қоршалған. Бизиң жерлеримизде сол дәўирде де қурылыс ислери әдеўир жоқары дәрежеде раўажланғанына гүўа болдық».
Соң «жол таңламасларымызға» отырып пайтахтқа қарай жол алдық. Қуў далаңлықтағы көздиң жаўын алып турған Сүргил газ кәни жанынан өтип барар екенбиз, еки күннен берги қыя майдан гезип шаршағанларымыз умыт болғандай болды. Қайтыўда үш машина да бири-бири менен ким озарға жарысып, үйлерине тезирек жетиўге ҳәрекет етисип, басқа қысқа жоллардан кетти. Қоңырат орайына жеткенде бәримиз бир жыйналыўға келистик. Бир ўақ екинши машинадағыларға сым қақсақ «радиатор қызып кетти» дейди. Алдымыздағы кеткен турпатлырақ машынға қоңыраў етсек, биз дерлик Қоңыратқа келдик дейди. «Даўыт ата»ға келгенде олар сым қағып, радиаторы оңланғанын, еплеп ҳәр жерде тоқтап, суў сеўип айдап киятырғанын айтты. Зыяратгаҳта қуран тиләўат етип, және жолға түстик. Соң билиўимизше теберик деп Аралдан толтырылған ҳәмме суў радиаторға кетипти…
Нөкис-Қоңырат-Судочье көли-Қубла Үстирт аўылы-Үстирт каньонлары-Ақтумсық-Сүргил-Мойнақ-Қоңырат-Нөкис-жәми 750 км маршрут линиясы бойлап әмелге асырылған илимий дөретиўшилик экспедиция усылайынша өз жуўмағына жетти.
Поэзиямыз байтерегиниң жазған:
Аўыз суўың дузлақ болса,
Үйренген өз дузың болар,
Суў бар ма деп соза-соза,
Түйе мойын узын болар, – дегениндей биз де теңизде суў бар ма екен деп мойнымызды созып, оған шомылып та қайттық. Маңлайымыз шор ма, я теңизимиз бе деп те ойлап қалдық…
Экспедицияның унамлы нәтийжелери көп узамай көрине баслаўы сөзсиз.
Аллаяр Дарменов,
НМПИ Филология факультети 3-курс студенти.