Абитуриентлер ушын 3 тәлим бағдарын таңлаў бойынша электрон қолланба жаратылды

2019-2020-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўде абитуриентлерге 3 тәлим бағдарын таңлаў ҳуқуқы берилди. Усы бағдарларды таңлаў көнликпесин беккемлеў ушын абитуриентлерге қолланба сыпатында арнаўлы бағдарлама ислеп шығылды. Тест режиминде ислеп турған бул бағдарлама арқалы абитуриентлер 3 тәлим бағдарын таңлаў тәжирийбесин арттырыўы мүмкин. Бағдарлама Мәмлекетлик тест орайының dtm.uz сайтына жайластырылған. 

Сахибжамал Есемуратова