Әскерий усыныснамаға ийе болғанлар ушын айрықша квоталар белгиленди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2019-2020-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары оқыў орынларына қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. 
Усы қарарға муўапық, 
2019-2020-оқыў жылы ушын Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметин өтеп, әскерий бөлим командирлигиниң усыныснамасына ийе болғанлар ушын 

  • бакалавриаттың күндизги тәлим формасы бойынша айрықша 5%ли қабыллаў көрсеткишлери;

 

  • бакалавриаттың сыртқы тәлим формасы бойынша айрықша 5%ли қабыллаў көрсеткишлери;

 

  • бакалавриаттың кешки тәлим формасы бойынша айрықша 5%ли қабыллаў көрсеткишлери тастыйықланды.

Сахибжамал Есемуратова