Магистратура бойынша айырым бағдарларда тек мәмлекетлик гранты көрсетилген. Не ушын?

2019-2020-оқыў ушын қабыллаўда бакалавриат ҳәм магистратура басқышларында жүдә көп өзгерислер жүз бермекте. Усылардың бири магистратура басқышында көпшилик жаңа бағдарлардың ашылғанлығы ҳәм мәмлекетлик гранты ушын көп орынлар ажыратылғанлығында, деп келтиреди ҳуқуқтаныўшы Хушнудбек Худайбердиев өзиниң telegram каналында. Келеси оқыў жылы ушын магистратура квоталары тастыйықланды. Онда жүдә көп бағдардарда тек мәмлекетлик гранты көрсетилген, контракт көрсетилмеген.
Магистратура ушын ажыратылған 7 695 орыннан 4 131 (53,7%) мәмлекетлик грант тийкарында, қалған 3 564 и (46,3%) контракт тийкарында оқыўға қабылланады. Өткен жылы улыўма квотаның 26%и грант, 74%и контракт етип белгиленген еди.
Буннан тысқары усы жылдан баслап магистратура ушын қосымша контракт тийкарында қабыллаўға руқсат берилди.
Сахибжамал Есемуратова