Институтымыз студенти қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен өткерилген IV басқыш пән олимпиадасында 2-орынды ийеледи

Усы жылдың 13-май күни жоқары оқыў орынларының студентлери арасында қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен өткерилген IV басқыш пән олимпиадасына институтымыздан мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети студенти Сайёра Мелисова қатнасты.

Пән олимпиадасының бул басқышы дәстүрий системаға муўапық тест, диктант ҳәм шығарма жумысынан ибарат болды.

Пән олимпиадасы жуўмақларына муўапық институтымыз студенти Сайёра Мелисова сыйлы 2-орынды ийеледи ҳәм диплом, естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Баспасөз хызмети