Шахмат бойынша Азия чемпионы Моҳим Оразмуҳаммедова институттың шахмат клубы ағзаларына шеберлик сабағын өтти

Алдын хабар бергенимиздей, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Жаслар айлығы» шеңберинде бир топар үмитли жас спортшылар менен ушырасыў болып өткен еди.

Ушырасыўға қатнасқан спорттың шахмат түри бойынша Азия чемпионы, халықаралық көлемдеги спорт устасы Моҳим Оразмуҳаммедова институттың студентлер турақ жайында жумыс алып барып атырған шахмат клубы ағзаларына шеберлик сабағын өтти.

Шахмат қағыйдалары, күтилмеген жүрислер ҳәм оларға қалай жуўап қайтарыў бойынша өз тәжирийбелерин көрсетип берди.

Ушырасыўда халықаралық көлемдеги спорт устасы институттың дене мәденияты факультетинде оқыўын даўам еттириў нийети бар екенлигин атап өтти.