Республикамызда аймақлық жаслар конференциясы болып өтпекте

Бүгин, 5-июль күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында аймақлық жаслар конференциясының ашылыўы болып өтти.
Бул конференция жасларға миллий жаслар сиясатына усыныслар бериў ушын ушырасыўлар, додалаўлар, социаллық платформалар ҳәм басқа усыллар арқалы кең имканиятлар жаратыў арқалы жаслар өз имканиятларынан пайдаланып, мәмлекеттиң барлық аймақларынан шығып, өзлериниң талапларын, қызығыўшылықлары ҳәм умтылысларын көрсетиўи ушын шөлкемлестирилмекте.
Конференция орынларда жаслар менен ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў, жәмийетте жаслардың көз-қарасларын сәўлелендириўди мақсет еткен.

Конференцияның ашылыў мәжилисинде институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қувондиқ Қадиров шығып сөйлеп, институтта жаслардың басламалары ҳәм умтылысларын қоллап-қуўатлаў, оларға ҳәр тәреплеме жәрдем бериў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, сондай-ақ, Президентимиздиң 5 басламасының жаслардың тәлим-тәрбиясындағы әҳмийетине кең тоқталды.
Конференция 7-июльға шекем даўам етеди.
Айсулыў Утепбергенова,
НМПИ студенти.