Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ҳүжжетлерди қабыллаў даўам етпекте (рәсмий жуўап)

Kar24.uz сайтында жәрияланған «Нукус давлат педагогика институтида қабул жараёнлари тўхтатилдими?» атамасындағы материалда бүгин, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында абитуриентлерден бакалавриаттың күндизги ҳәм сыртқы бөлимине ҳүжжетлер қабылланбай атырғаны ҳаққында видеомүрәжат келип түскени ҳаққында жәрияланған еди.

Институт қабыллаў комиссиясының мағлыўмат бериўинше, абитуриентлердиң мағлыўматларын онлайн тәризде Мәмлекетлик тест орайының базасына киргизиўде үзилислер болған. Саат 12:50 лерде базаның жумысы қайта тикленген. Ҳәзирги ўақытта операторлар абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаўды ҳәм мағлыўматларын базаға киргизиўди даўам еттирмекте.

Бул бақланып атырған жағдай ҳәзирги ўақытта абитуриентлердиң санының кескин артып кетиўи менен байланыслы пүткил Өзбекстан көлеминде ушырасып турған машқала болып есапланады.

Абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаў 20:00 ге шекем даўам ететуғынлығын ескертип өтемиз.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.