Президент мектебине кире алмай қалған оқыўшылар дыққатына!

Президент мектеплериниң тийкарғы имтиханларына қатнасқан, жоқары балл топлап оқыўға қабыл етилмеген талабанлар республикадағы қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелерине имтихансыз қабыл етиледи. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Хабарда жазылыўынша, қәнигелестирилген мектеплерге 5- ҳәм 7-классқа өтип атырған оқыўшылар қабыл етиледи.
Қәнигелестирилген мектеплер ҳәм оларға оқыўға усыныс етилетуғын оқыўшылар дизими жақын ўақыт ишинде pm.xtv.uz сайтында жәрияланады.
Ислам Матеков.