Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты профессоры «Ең уллы, ең әзиз» республикалық таңлаўында 2-орын ийеси болды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты педагогика кафедрасының профессоры, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен илим ғайраткери Өсербай Әлеўов Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарына муўапық өткерилген «Ең уллы, ең әзиз» республикалық таңлаўында «Жазыўшы ҳәм шайырлардың көркем шығармалары» бағдарында 2-орын ийеси болды.
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, шайыр Өсербай Әлеўовқа бул сыйлық соңғы жыллары қарақалпақ елинде жүз берип атырған унамлы өзгерислер, қарақалпақ халқының ой-кеширмелери ҳәм арзыў-әрманлары, сондай-ақ, опадарлық ҳәм садықлық, мийрим-шәпәәт, дослық және татыўлық сыяқлы темалар сөз етилген «Сезимлерим» китабы ушын берилди.
Өсербай Әлеўов Орта Азия халықлары әдебиятларының ири тулғалары, тарийхый шахслардың шығармаларындағы педагогикалық көзқараслар, тәлим-тәрбия мәселелерине арналған көплеген китаплардың авторы болып табылады.
Профессор илимий-педагогикалық хызмети даўамында бир илим докторы ҳәм он илим кандидатына илимий басшылық еткен.
Оның академик Жуманазар Базарбаев пенен биргеликте жазған «Маварауннаҳр халықлары педагогикасы» (Өзбек халқы педагогикасы тарийхы) бағдарлама-концепциясы ҒМДА көлеминде педагог-илимпазлар тәрепинен жоқары баҳаланып, Өзбекстан Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген таңлаўда биринши орынды қолға киргизген ҳәм оқыўлық бағдарламасы сыпатында пүткил Өзбекстандағы педагогикалық жоқары оқыў орынларында үйрениў ушын усыныс етилген.
Илимпаз өткен 2018-жылы «Фидокорона меҳнатлари учун» ордени менен сыйлықланған.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.