Қарақалпақстанлы еки дөретиўши «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўының республикалық басқышында сыйлықланды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарына муўапық өткерилген «Ең уллы, ең әзиз» республикалық таңлаўында Қарақалпақстан Республикасынан 2 дөретиўши сыйлы орын ийеси болды.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты педагогика кафедрасының профессоры, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен илим ғайраткери, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, шайыр Өсербай Әлеўовқа бул сыйлық соңғы жыллары қарақалпақ елинде жүз берип атырған унамлы өзгерислер, қарақалпақ халқының ой-кеширмелери ҳәм арзыў-әрманлары, сондай-ақ, опадарлық ҳәм садықлық, мийрим-шәпәәт, дослық және татыўлық сыяқлы темалар сөз етилген «Сезимлерим» китабы ушын берилди.
«Қарақалпақфильм» киностудиясы мәмлекетлик унитар кәрханасының кинооператоры Әсенбай Асқаров Мойнақ районында әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумыслары, бул жерде жасап атырған адамлардың өмири сәўлеленген «Мойнақ – дослық үлкеси» ҳүжжетли фильминдеги операторлық жумысы ушын сыйлықланды.
Ислам Матеков.