Хош хабар! Ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллығы мүнәсибети менен өткерилген марафонда институтымыз студентлери жеңимпаз болды

Усы жылдың 28-август күни пайтахтымыз Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы мүнәсибети менен республикамыз көлеминде «Уллы бабаларға мүнәсип даўамшы болайық!» сүрени тийкарында I жаслар фестивалы болып өтти.

Фестиваль шеңберинде бурынғы арқа автовокзалдан амфитеатрға шекемги аралықта ер ҳәм қыз балалар арасында жуўырыў марафоны өткерилди.

Марафонға Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтынан 100 ден аслам жаслар белсене қатнасты.

 

Марафон жуўмақларына муўапық, ер балалар арасында өткерилген жарыста институттың дене мәденияты факультети студенти Қуўатжан Әбдимуратов 1-орынды, қызлар арасында өткерилген жарыста шет тиллери факультети студенти Шахзода Дәлибаева 2-орынды, дене мәденияты факультети студенти Г.Қутанова 3-орынды ийеледи.

Студентлеримизди қолға киргизген табыслары менен қутлықлаймыз.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.