Ташкенттен табыс пенен

Ҳәр бир жәмийеттиң, онда жасап атырған инсанлардиң тәғдири ҳәм келешеги әлбетте, жаслар тәрбияси менен тығыз байланыслы.

Бүгинги күнде мәмлекетимиздиң тийкарғы мақсетлериниң бири келешегимиз тийкары болған жасларды ҳуқуқый, руўхый, сиясий ҳәм ҳәр тәреплеме жетик, еркин пикирлеўши, наўқыран әўлад етип кәмалға келтириў болып табылады. 

Ҳәзирги күнде мәмлекетимиз халқының 60 проценттен артығын жаслар қурайды. Жаслар жәмийетимизде әмелге асырылып атырған тарийхый процестиң барлық тараўларында белсенди қатнасып келмекте. Мәмлекетимиздиң тәғдирин, халқымыздың ертеңги күнин белгилеп беретуғын жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың интә ҳәм қәбилетлерин, имканияти ҳәм күш-ғайратын жәмийетимиздиң түрли тараўларында әмелге асырыўға қаратылған кең көлемли имканиятлар солар қатарында. 

Усындай илажлардиң бири усы жылдың 6-7-8-сентябрь күнлери Ташкент қаласында болып өткен Азия жаслары конференциясы болып есапланады. Бул конференция 6-жөнелис, яғный: экология, туризм, жәмийетлик турмыс, мәлимлеме технологиялары, ҳуқық ҳәм экономика тараўларын өз ишине алады. Қатнасыўшылар өзлери қызыққан жөнелис бойынша пикир ҳәм усынысларын билдириўи, бул тараўдың жетискенликлерин ҳәм қәте кемшиликлерин басқаларға жеткерип бериўи мүмкин. Сондай-ақ, бул тараўдың еле өз шешимин таппаған машқалаларға топар болып биргеликте шешим табыўға ҳәрекет етиледи.     

Конференцияға республикамиздың барлық аймақларынан, сондай-ақ, қоңысылас Қырғызстан Республикасынан делегатлар қатнасты.

Конференция шеңберинде ҳәр бир жөнелис бойынша делегатлар өзлериниң бағдарламасын ислеп шықты ҳәм шөлкемлестириўшилерге усынды. Сондай-ақ, конференцияниң екинши күни Ташкент қаласы бойлап саяхат шөлкемлестирилди. Конференция жуўмағында 1-орынды Экология жөнелиси бойынша республикамыз командасы ийеледи ҳәм кубок, 5 миллион сум пул менен сыйлықланды. Қуўанышлысы команда қурамында институтымыз студентлери Т.Ильясов, С.Барлықбаева, С.Қалбаева, М.Собирова, Ш.Даўлетбаева, Ш.Қаражанова да бар еди. Бир даўыстан 5 миллион пул сыйлығын меҳрийбанлық үйине өткердик.

Бәрше белсенди қатнасқан делегатларға сертификатлар салтанатлы жағдайда тапсырылды.

 

Турсынбай Ильясов,

Педагогика факультети 2-курс студенти.

Конференция қатнасыўшысы.