Тәбийғый пәнлер факультети питкериўши курс студентлери әмелиятта

Институттың тәбийғый пәнлер факультети химияны оқытыў методикасы тәлим бағдарының 4-курс студентлери мәмлекетлик педагогикалық әмелиятын алып бармақта.
Атап айтқанда, химияны оқытыў методикасы бағдары студентлери 9-сентябрьден баслап қоңсылас Хорезм ўәлаятының Хийўа районындағы 12-санлы улыўма билим бериў мектебинде химия пәнинен ийелеген көнликпелерин оқыўшыларға үйретип, өз тәжирийбелерин арттырмақта.
