Баслаўыш тәлим факультети студентлерине нызамшылықтағы өзгерислер бойынша қәнигелер тәрепинен түсиник берилди

Усы жылдың 11-сентябрь күни институттың баслаўыш тәлим факультетинде Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бас мәсләҳәтшиси А.Отарбаев ҳәм жетекши қәниге Н.Қутлымуратовалар студент-жаслар менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда қәнигелер нызамшылықтағы соңғы өзгерислер, жаңадан қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер бойынша кең түсиник берди.

Илаж даўамында қәнигелер Әдиллик министрлигиниң социаллық тармақлардағы рәсмий каналлары, соның ишинде, ҳуқықый мәсләҳәт беретуғын Advice.uz ҳуқықый порталының жумыслары ҳаққында айтып өтти.