Бәрше күшти халық ишинен алайық, қушақ ашып мектеплерге барайық

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Мектепке шекемги тәлим факультети тәрепинен «Бәрше күшти халық ишинен алайық, қушақ ашып мектеплерге барайық» ураны тийкарында жол картасы ислеп шығылды. Жол картасындағы белгиленген ўазыйпаларға муўапық «Мектепке шекемги тәлим педагогикасы ҳәм психологиясы» кафедрасы Нөкис қаласындағы 18-санлы улыўма билим бериў мектебин аталыққа алған еди. Факультет деканы М.Алламбергенова ҳәм «Мектепке шекемги тәлим педагогикасы ҳәм психологиясы» кафедрасы баслығы А.Бекимбетовалар мектеп директоры, мектептиң педагогикалық жәмәәти менен танысып, олардың пикирлерин есапқа алған ҳалда жол картасын усыныс еткен еди.
2019-жылдың 21-сентябрь күни жол картасында белгиленген жоба бойынша «Мектепке шекемги тәлим педагогикасы ҳәм психологиясы» кафедрасы профессор-оқытыўшылары тәрепинен «Педагогикалық компетенцияны ийелеў мәселелери» темасында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Семинар-тренингте п.и.к., доцент А.А.Бекимбетова оқытыўшыларда педагогикалық компетенцияны раўажландырыў бойынша презентация иследи ҳәм күтилмеген педагогикалық ситуацияларда оқытыўшының өзин басқара алыўы, педагогикалық ситуацияларды педагогикалық мәселелелерге айландырыў жоллары ҳаққында методикалық усыныслар берди.
Сондай-ақ, кафедра үлкен оқытыўшысы К.Кенжебаева «Мектеп оқыўшыларында ушырасатуғын психологиялық машқалалар» темасында шығып сөйледи. Семинар-тренингте мектеп муғаәллимлери белсене қатнасып, қызықтырған сораўларына жуўаплар алды. Мектептиң педагогикалық жәмәәти менен алып барылатуғын гезектеги жумыслар жобаластырылып алынды.