Елликқаладағы педагогика факультетинде бес басламаның мазмуны ҳәм әҳмийети бойынша сәўбетлесиў өткерилди

Институттың Елликқаладағы педагогика факультетинде билимлендириў ҳәм тәрбиялаў процесин раўажландырыў, сондай-ақ, Президентимиздиң басламасы менен ислеп шығылған бес басламаның мазмуны ҳәм әҳмийетине бағышланған сәўбетлесиў кешекси болып өтти.

Оған «Ҳамкор стимул сервис» инновациялық жойбарлар илимий изертлеў орайы баслығы Ш.Султанова, Елликқала районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслар бойынша орынбасары Б.Алимов, район ҳәкиминиң орынбасары, ҳаял-қызлар комитети баслығы Г.Айтбаева ҳәм студент-жаслар қатнасты.