Тәбийғый пәнлер факультетинде интеллектуал ойын өткерилди

Институттың тәбийғый пәнлер факультетинде 1-курс студентлери арасында «Заковат» интеллектуал ойыны өткерилди.
Қызықлы ҳәм логикалық сораўлардан ибарат болған ойын жуўмағында химияны оқытыў методикасы бағдарының 1-а топар студентлери 1-орынды ийеледи.
Қатнасыўшылар ҳәм жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланды.