1-октябрь “Оқытыўшылар ҳәм устазлар күни” мүнәсибети менен институт профессор-оқытыўшылары арасындағы өткерилген спорт жарысларында спорттың футбол түри бойынша Тарийх факультети жеңимпаз болды

Бүгин иститутымыздың факультетлериниң профессор-оқытыўшылар арасында спорт жарысларының екинши күнинде, яғный 1-октябрь “Оқытыўшылар ҳәм устазлар күни” мүнәсибети менен өткерилген, институт профессор-оқытыўшылары арасындағы спорттың футбол түри бойынша жарысының финал басқышында Тарийх ҳәм Тәбийий пәнлер факультетлери жарысты.

 

 

Нәтийжеде футбол жарыслары бойынша биринши орынды Тарийх факультети, екинши орынды Тәбийий пәнлер факультети, үшинши орынды Ректорат командасы алды. Бул жеңимпазларды институт жәмааты атынан қутлықлаймыз.