Институт мәжилислер залында Түркий тиллер факультети талабалары менен «Өзбекстан халқын дизимге алыў» атамасында семинар өткерилди
Жақында институттың мәжилислер залында Түркий тиллер факультетиниң талабалары менен «Өзбекстан халқын дизимге алыў» деген темада семинар болып өтти. Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Статистика комитети баслығының орынбасары Бейимбетов Сипатдин күн тәртибиндеги тема бойынша талабаларға кең түрде түсиниклер берди. Темаға байланыслы таярланған презентациясын көрсетти. Семнар даўамында талабалар халықтың санын анықлаўдың зәрүрлиги ҳәм әҳмийети, комитеттиң алдында турған режелер, 2022-жылы ноябрь-декабрь айларында Өзбекстан халқын дизимге алыў жумысларының өткерилиўи туўралы мағлыўматларды алыўға еристи.
Семинар соңында талабалар өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигеден жуўаплар алды.



Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери
бойынша декан орынбасары: П.Дабылов