Түркий тиллер факультетинде талаба жаслар арасында «Зәкаўат» интеллектуал ойыны өткерилди

Түркий тиллер факультетинде талаба жаслар арасында китапқумарлықты еледе раўажландырыў, талабалардың еркин, өз бетинше пикирлеў ҳәм  ойлаў қәбилетин жетилистириў мақсетинде 2019-2020-оқыў жылында факультеттиң руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша  декан орынбасары П.Дабыловтың басламасы менен «Жас китапқумарлар клубы» дүзилди ҳәм режеси ислеп шығылды. Клуб шеңберинде «Зәкаўат», «Жас дөретиўшилер», «Жас баслаўшылар», «Аудио китап» дөгереклери жумыс баслады. Оларға факультеттиң талантлы, зийрек талабалары ағза болды.

2019-жылы 15-ноябрь күни факультетте «Көркем шығармалар билимданы» атамасында «Зәкаўат» интеллектуал ойыны өткерилди. Ойынды Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары 3-курс талабасы, факультеттиң Жаслар аўқамы жетекшиси Д.Баймуратов басқарып барды. Ойында көркем әдебий шығармалар менен логикалық сораўлар берилди. Ойынға 13 команда қатнасты. Талабалар өзлериниң көркем шығармалар бойынша билимлерин сыннан өткерди.

Руўхый-ағартыўшылық ислери

бойынша декан орынбасары: П.Дабылов