Институтымыз профессор-оқытыўшылары тәрепинен улыўма билим бериў мектеплерине оқыў методикалық жәрдем көрсетиў бойынша ис илажлар өткерилмекте

Бүгинги күнде орта мектеп оқытыўшыларның билимин еледе жетистириў, оқытыўшылардың қәсиплик шеберлигин асырыў, билим сыпатын қадағалаў, тәрбия тараўында заманагөй усыллардан пайдаланыўды шөлкемлестириў ҳәм оқыў методикалық жәрдем көрсетиў бойынша  бир катар ис илажлар исленип атыр. Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Тәбийий пәнлер факультети «Зоология, адам морфофизиологиясы ҳәм оны оқытыў методикасы» кафедрасы баслығы, б.и.д. (PhD) У.Кудайбергенова, кафедраның ассистент оқытыўшылары Г.Тулепова, Б.Калилаева Нөкис районына караслы 4-санлы орта мектепте 9-10-11-класслар ушын педтехнологиялардан пайдаланып сабақ өтти. Б.и.д. (PhD) У.Кудайбергенова биология пәнинен 10-классында «Попульяциялар структурасы» атамасында көргизбели сабақ өткерди. Г.Тулепова  9-класста «Клетка қурамына кириўши суў ҳәм анорганикалық емес затлар» темасында, Б.Калилаев 11-класста «Жыныс генетикасы» темасында көргизбели сабақ өтип берди. Таза тема бойынша мағлыўматларды презентация формасында слайдлар, видеоролик арқалы түсиндирди. Жумбақ, кроссворд усылларынан пайдаланды. Киши топарларда ислесиў, класстер, ақылға ҳужим методларынан пайдаланды.

        Сабақ даўамында сабаққа белсене қатнасып, сораўларға жуўап берип отырған оқыўшыларды хошаметлеп  оларға саўғалар тапсырды. Бул көргизбели сабақларға мектептиң биология пән оқытыўшылары қатнасты.

        Институт оқытыўшылары тәрепинен   педагогикалық технологияның кейинги методларына тийкарланып сабақ өтиў бойынша бир қанша көрсетпелер, ҳәр бир лабораториялық жумысларды өтиў бойынша өз мәсләҳәтлерин берип, тәжрийбелер алмасыў,  методикалық жәрдем бериў мақсетинде Л.А.Вахитова, А.А Вахитов авторлығында «Оила ва атроф муҳитнинг экологик ҳавфсизлиги» атамасындағы китабы, У.Кудайбергенова, Ф.Отенова ҳ.т.б авторлығында «Экологияны оқытыў методикасы» пәнинен лаборатория жумыслары бойынша оқыў методикалық қолланбасы ҳәм «Экология ҳәм тәбиятты қорғаў» пәнинен жоқары оқыў орынлары талабалары ушын әмелий қолланбасы, лаборатория көрсетпелери, слайдлар, видеофильмлер алып келинди

 

 

\