Институт академиялық лицейинде дослық байрамы болып өтти
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты академиялық лицейи менен биргеликте миллетлер аралық дослықты жырлаўға бағышланған «Кеңпейил Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасындағы байрам илажы болып өтти.

Оған институттың жаслар мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров, профессор-оқытыўшылар, лицей жәмәәти, оқыўшы жаслар ҳәм Нөкис қалалық ҳәкимлигинен бир топар мийманлар қатнасты.
Байрам илажында елимиздеги миллетлер арасындағы дослық, аўызбиршилик, кеңпейиллик идеялары жырланған қосықлар атқарылып, байрам тамашалары даўам етти.
