Сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими факультети студентлериниң Мойнақтағы көргизбеси болып өтти

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 19-март күнги видеоселектор мәжилисинде алға сүрилген 5 әҳмийетли басламасының Биринши басламасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде Сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлим факультети «Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы» бакалавр тәлим бағдарының зийрек талабалары тәрепинен «Арал талабалар нәзеринде» атамасында дөретилген шығармалар көргизбеси 2019-жыл 23-ноябрь күни Мойнақ қаласында өткерилди.

Көргизбеде «Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы» бакалавр тәлим бағдарының талабалары тәрепинен 2019-жылда таярланған жумыслар усынылды.

Көргизбеде талабалардан А.Алауатдинов, С.Даўлетов, А.Өтениязов, А.Аметов, А.Юсупова, Р.Караматдинова, Н.Қалбаев, Р.Арепов, Т.Шерипова, Г.Ернашева, Н.Отамуратова, И.Жолдасбаева, Р.Абдикаликов, Ж.Жолдасбаев, М.Сатбаева, А.Шукуруллаев, Т.Зиваддинова ҳәм Р.Генжебаевалар тәрепинен  дөретилген шығармаларды көриўге болады. Көргизбеге усынылған шығармалар майлы, гуащь, акварель ҳәм тущь бояўларында исленген. Жанрлық өзгешелиги бойынша пейзаж, натюрморт көринислери орын алған.

Сүўретлеў өнеринде көп қолланылатуғын жанрлардың бири пейзаж жанры болғанлығы сөзсиз. Авторлар тәрепинен ҳәр қыйлы мәўсимлер сүўретленген, соның менен бирге туўылған жерге деген сүйиспеншилиги, ана жеримиздиң гөззаллығы, тәбияттың рәңбә-рәңлиги жумысларында айқын сезилип турады.

 Натюрморт жанрында орынлаған жумысларында идеялық мазмунының тынықлығы, композициялық қурылыўы, жайластырылыўы, формалары, рең, блик, колоритине ылайықлы итибар берилип орынланған.

Тамашагөйлер нәзерине усынылған жумыслар техникалық жақтан шеберлик пенен орынланған болып, оның идеялық мазмуны таңлаўлары еле де минсиз емес, бирақ, бул шығармаларда авторлардың Ўатанға сүйиспеншилигин, ишки сезимлерин, толғанысларын өз жумысларында сәўлелендириўге ҳәрекет еткен. Келешекте өз дөретпелери арқалы талабаларымыз жәмийетимиздиң, мәдениятымыздың ҳәм миллий қәдириятларымыздың раўажланыўына өзлериниң үлеслерин қосатуғынлығына үмит етемиз.