Педагогика кафедрасы баслығы ҳәм докторанты Нөкис районындағы мектепте семинар өтти
НМПИ педагогика кафедрасы баслығы, доцент М.Пазылова ҳәм 1-курс таяныш докторанты А.Турекеевалар Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районы 14-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 26-ноябрь күни «Реформалар нәтийжелилигин тәмийнлеў, оқытыўшылардың кәсиплик шеберлигин арттырыў, билимлендириўдиң сапасын қадағалаўды күшейтиў ҳәм тәрбия тараўында заманагөй методларды қоллаў жумысларын шөлкемлестириў», сондай-ақ, «Саламат турмыс тәризин қәлиплестириў» атамасында семинар өткерди.

Семинарға Нөкис районы 14-санлы улыўма орта билим бериў мектеби директоры Б.Алламуратов, Нөкис районлық халық билимлендириў бөлими методисти А.Ташполатов, мектеп муғаллимлери ҳәм мектеп оқыўшылары қатнасты.
Илажды мектеп директоры Б.Алламуратов ашып берди. Ол өз сөзинде реформалар нәтийжелилигин тәмийнлеў, оқытыўшылардың кәсиплик шеберлигин арттырыў, билимлендириўдиң сапасын қадағалаўды күшейтиў ҳәм тәрбия тараўында заманагөй методларды қоллаў жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде Нөкис районы мектеплерине, соның ишинде районлық 14-санлы мектепке келген Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық иститутынан педагогика кафедрасы баслығы, доцент М.Пазыловаға сөз берилди.

М.Пазылова усы мақсетте мектепте оқыў процесин жетилистириў ушын институт профессор-оқытыўшылары тәрепинен методикалық жәрдем көрсетиў, мектепте оқытылатуғын пәнлер бойынша мектеп муғаллимлери менен биргеликте оқыў-методикалық қолланбалар жаратыў мүмкиншиликлерине ийе екенлиги ҳаққында айтты.
Мектеп муғаллимлериниң қәнигелигин жетилистириў, олардың компьютер бойынша саўатлылық дәрежесин арттырыў ҳәм интернеттен кең пайдаланыў жумыслары бойынша институт қасындағы педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин жетилистириў орайында жумыс алып барылып атырғанлығы ҳаққында айтты. Институтта мектепти питкериўши оқыўшылар ушын жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларына таярлық жумыслары жолға қойылғанлығын ҳәм ҳәзирги ўақытта бул бойынша жумыс жетерли дәрежеде жүргизилип атырғанлығын айтты.
Буннан соң НМПИ докторанты А.Турекеева сөзге шығып, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў бойынша муғаллим ҳәм оқыўшыларға презентация ҳәм видео роликлер арқалы кең түсиниклер берип өтти.