Кийиниў мәденияты – дәўир талабы

Институттың мектепке шекемги тәлим факультетинде кийиниў мәденияты бойынша кийимлер көргизбеси (подиум) болып өтти.

Бул көргизбени өткериўден мақсет институтта оқып, билим алып атырған жасларымызды – студент қызларымызды миллий дәстүрлеримиз бенен қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаўдан ибарат болды.

Бүгинги күни жасларымыз батыс мәмлекетлердиң жасларына еликлеп, жеңил-желпи кийимлер, яғный бизиң үрп-әдет, дәстүрлеримизге туўра келмейтуғын кийимлерди кийип жүриўи, оны гез келген орынға кийип атырғаны ҳеш кимге сыр емес. Көргизбе жети жөнелис бойынша болып өтти.

Миллий кийимлер, музейге, театрға кийип баратуғын кийимлер, спорт кийимлери, той-бәзимлерге кийетуғын кийимлер, үй кийимлери ҳәм оқыў формасы. Мине, булардың барлығы өз орнында ғана кийилсе жүдә мақсетке муўапық болады. Факультет студент-қызлары усы жети жөнелис бойынша арналған кийимлер менен қатнасты.

– Бизлерге бул көргизбе жүдә унады, себеби мына рәңбәрең  кийимлер кимниң болса да көзиниң жаўын алып, инсанға өзгеше бир заўық бағышлайды. Кешени шөлкемлестирген факультетимиз жәмәәтине, факультет ҳаял-қызлар кеңеси басланғыш шөлкеми баслығы Л.Ибрагимоваға шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз, – дейди биз бенен сәўбетте студент жаслар.

Кеше соңында белсенди қатнасқан қызларымыз шөлкемлестириўшилер тәрепинен «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды.

 

А.Төребекова