Баслаўыш тәлим факультети студентлери Мәлимлеме-китапхана орайында «Конституция – жарқын келешегимиз негизи» атамасындағы кешеге қатнасты
Баслаўыш тәлим факультети студентлери Өзбекстан Республикасы Конституциясының 27 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында «Конституция – жарқын келешегимиз негизи» атамасында өткерилген кешеге белсене қатнасты.
Кешеге Қарақалпақстан Республикасы Статистикалық басқармасы бас юрисконсульты А.Машерипова, Мәлимлеме-китапхана орайы юрисконсульты Н.К.Бердиниязова, улыўма оқыў залы секторы баслығы Б.Утениязова, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педпгогикалық институтының Баслаўыш тәлим факультетиниң оқытыўшысы А.Нажимова, Баслаўыш тәлим факультетиниң студент жаслары, Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайы хызметкерлери ҳәм турақлы китап оқыўшылар қатнасты.
Кешени Хуқуқый мағлыўмат сектор баслығы Н.Жуманиязова ашты ҳәм сөз гезегин Қарақалпақстан Республикасы Статистикалық басқармасы бас юрисконсульты А.Машериповаға берди.
Ол тыңлаўшыларға Конституцияның ҳәр бир статьясы инсан мәпи ушын хызмет етиўи менен әҳмийетли екенлиги, Конституцияның ислеп шығылыў тарийхы ҳаққында толық мағлыўмат берип өтти және Пуқаралар ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде, телевидение ҳәм радио, баспасөзде өз пикирлерин еркин баян етиўи, сөйлеўи мүмкинлиги, бул статьяда ой-пикирлер, сөз ҳәм исенимлер еркинлиги, оларды ашық түрде билдириў мүмкиншилиги кепилленгенлиги ҳаққында айтып өтти.
