Анық мақсет қоямыз!

6-декабрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Педагогика факультети Педагогика ҳәм психология тәлим бағдары 2-Г,Д топар студентлериниң институт психологы  Г.Төрениязова менен ушрасыўы болып өтти.

Ушрасыўды топар басшысы А.Даўкеева ашты ҳәм алып барды.

Буннан кейин институт психологы Г.Төрениязова студентлерге  “Инсан мақсетин дурыс қойыў”, “Инсан исенимин арттырыў”, “Арзыўды әмелге асырыў”  темаларында кеңнен тусиник берди.

Ол өз сөзлеринде мақсетти қойыў жолларын,бул мақсетимизди әмелге асырыў ушын исенимди өзимизде пайда етиў жолларын ҳәм техникаларын анық мысаллар менен көрсетип берди.

Бизлер дерлик ҳәр күни арзыў етемиз, бирақ олардың бәршеси әмелге аса бермейди, себеби бизлер арзыўды әмелге асырып билмеймиз. Арзыўды әмелге асырыў ушын дәслеп өзимиз ушын зәрүр болған 120 арзыўымызды жазыўымыз кейин оны үш айға бөлип әмелге асырыўымыз ҳәм жазғанларымызды тез-тезден ядымызға түсирип турсақ ғана әмелге асады, деп айтып өтти институт психологы.

– Ушырасыў маған жүдә унады, қызықлы мағлыўматлар анық усыныслар тийкарында арзыўды әмелге асырыў, өзимизге деген исенимди беккемлеген ҳалда анық мақсет қоямыз, – дейди студент Исламбек Якупбаев.

Ушрасыў жуўмағында студентлер өз пикир ҳәм усынысларын билдирип, сораўларына жуўаплар алды.

 

Турсынбай Ильясов,

Педагогика факультети 2 курс студенти.