Пазылов Арзы Кенжебаевич
![]() |
Мағлыўматы: жоқары, баслаўыш класс оқытыўшысы, (Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты 1974 ж) Илимий дәрежеси: педагогика илимлери кандидаты (1989) Лаўазымы: Баслаўыш тәлим педагогикасы ҳәм психологиясы кафедрасы доценти Оқытыўшының сабақ кестеси* |
Оқытыўшы ҳаққындағы мағлыўмат.
Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты Баслаўыш тәлим факультетин питкерген.
Кандидатлық диссертациясын 1989-жылы “V-VII оқыўшыларын әдеп икрамлыққа тәрбиялаў” темасында 13.00.01– педагогика теориясы ҳәм тарийхы тараўы бойынша жақлаған. 1993-жылы доцент илимий атағы берилген.
Наградалары: 1994-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы; 2000-жылы «Шухрат» медалы; 2012-жылы «Қарақалпақстан Республикасы Ҳалық муғаллими» ҳүрметли атағы ҳәм 2016-жылы «Ғәрезсизликтиң 25 жыллығы» көкрек нышаны менен наградланған.
Жетискенликлери: Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министирлиги ҳәм «Сорос» фонды тәрепинен шөлкемлестирилген «Жылдың ең жақсы сабақлығы ҳәм оқыў қолланбасының авторы» көрик таңлаўының 2011-жылы бир рет, 2012-жылы еки рет 3-дәрежели дипломы менен наградланған.
Қәнигелигин арттырыў:
Тошкент давлат педагогика университети ҳузуридаги ПКҚТМО тармоқ маркази
(2019 жыл март-апрель)
Оқытатуғын пәнлери (кейинги үш оқыў жылы бойынша)
Улыўма педагогика
Оқытыўшының кейинги 3 жылда баспадан шыққан илимий жумыслары
- А.К. Пазылов, А.Туржанова. Шығыс ойшыллары сөйлеў мәденияты ҳаққында. «Ҳәзирги заман педагогика ҳәм психология илиминиң әҳмийет-ли мәселелери» атамасындағы Республикалық илимий-тео-риялық конференция материаллары Нөкис-2017. 158-160 бетлер.
- А.К. Пазылов, А.Дәўлетмуратова. Миллий дәстүрлер – тәрбия қуралы сыпатында (И.Юсупов шығармалары мысалында). «Ҳәзирги заман педагогика ҳәм психология илиминиң әҳмийет-ли мәселелери» атамасындағы Республикалық илимий-тео-риялық конференция материаллары Нөкис-2017. 185-186 бетлер.
- А.К. Пазылов. Аўыр тәғдир сынаўлары ҳаққында мийнет. Илим ҳәм жәмийет журналы, 2017-жыл, №1, 95-бет.
- А.К. Пазылов. Той – тәрбия қуралы сыпатында. Илим ҳәм жәмийет журналы, 2017-жыл, №2, 97-99 бетлер.
- А.К. Пазылов. Қос қанат парўазындағы таланттың жаңа қырлары. Илим ҳәм жәмийет журналы, 2017-жыл, №3, 109-110 бетлер.
- А.К. Пазылов, К.Қурамбаев, Г.Қурамбаева. Салмақлы ҳәм мазмунлы (Көп қырлы дөретиўшиликке арналған илимий мийнет). Гүл бар Гүлистан ишинде. Нөкис. «Қарақалпақстан» 2018 жыл. 163-166-бетлер
- А.К. Пазылов. Жасларды китапқумарлыққа әдетлендириў бәршемиздиң ўазыйпамыз «Муғаллим ҳәм үзликсиз тәлим», 2018-жыл №3, 50-53-бетлер.
- А.К. Пазылов. Бердақ шығармаларында «жақсы» ҳәм «жаман» түсиниклери. Илим ҳәм жәмийет журналы, 2018-жыл, №3, 88-89-бетлер.
- А.К. Пазылов. Қырмызы Дәўлетова-әдиўли ана ҳәм пидайы устаз. Илим ҳәм жәмийет журналы, 2018-жыл, №3, 112-113-бетлер.
- А.К. Пазылов. Қарақалпақстан мектеплеринде оқыўшыларды этномәленият руўхында тәрбиялаўдың әҳ мийети ҳәм ўазыйпалары ҳаққында. 2018-жыл «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» на бағышланған «Илим ҳәм тәлим-тәрбияның әҳмийетли мәселелери» атамасындағы Республикалық илимий-теориялық конференция материаллары. 3-бөлим. Нөкис-2018. 59-60-бетлер.
- А.К. Пазылов. Қарақалпақ хадық дәстанларында этномәденият көринислериниң изертлениўи ҳәм алда турған ўазыйпалар. 2018-жыл «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»на бағышланған «Илим ҳәм тәлим-тәрбияның әҳмийетли мәселелери» атамасындағы Республикалық илимий-теориялық конференция материаллары. 3-бөлим. Нөкис-2018. 59-60-бетлер
- А.К. Пазылов. «Едиге» дәстанында этномәде-ният көринислери ҳәм оның жасларды руўхый жақтан тәрбиялаўдағы әҳмийети. «Социал-гуманитар илимлериниң актуаль мәселелери: раўажланыў перспективасы» атамасындағы халықаралық илимий-теориялық конференция материаллары. 3-бөлим. Нөкис-2018. 7-10-бетлер
- А.К. Пазылов. Әжинияз шығармаларында қарақалпақ этномәдениятының сәўлелениўи. «Социал-гуманитар илимлериниң актуаль мәселелери: раўажланыў перспективасы» атамасындағы халықаралық илимий-теориялық конференция материаллары. 3-бөлим. Нөкис-2018. 10-12-бетлер.
- А.К. Пазылов, Қ,Қосназаров, Қ.Сейтмуратов, З.Қурбаниязова. Педагогикаға кирисиў. Нөкис, НМПИ баспаханасы, 2018 ж. 80 б.
- А.К. Пазылов, Қ,Қосназаров, Қ.Сейтмуратов, З.Қурбаниязова. Дидактика. Нөкис, НМПИ баспаханасы, 2018 ж. 112 б.
- А.К. Пазылов. Ана мектеп – бахтымыз. Нөкис, НМПИ баспаханасы, 2018 ж. 40 б.
- А.К. Пазылов, Қ,Қосназаров, Қ.Сейтмуратов, З.Қурбаниязова. Педагогика теориясы. Ташкент «Noshir» нашриёти 2018 й. 456 б.
- А.К. Пазылов, Қ.Сейтмуратов, З.Қурбаниязова Тәрбия теориясы. Нөкис «Билим» баспасы 2019-ж.166 б
