Мәлимлеме-ресурс орайында Әжинияз Қосыбай улының туўылғанына 195 жыл толыў мунәсибетине арналған «Уллы илҳам жулдызы» атамасындағы китапқумарлар кешеси болып өтти

Ҳүрметли Президентимиз өз бийлигинде билимлендириў мәкемелеринде, китапханаларда,  мәҳәллелерде китапқумарлық  мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў, дөретиўшилик ушырасыўлар шөлкемлестириў зәрүрлигин айырықша атап өткен еди.

Мине, усындай ийгиликли басламаларды, бийликлерди орынлаў, турмысқа ендириў мақсетинде Мәлимлеме-ресурс орайында қарақалпақ халқының билимдан ойшыл ҳәм талантлы шайыры Әжинияз Қосыбай улының туўылғанына 195 жыл толыў мунәсибетине арналған «Уллы илҳам жулдызы» атамасындағы китапқумарлар  кешеси болып өтти.

Китапқумарлар кешесин Түркий тиллер факультети 2-курс студенти Н.Жаббарбергенова алып барды.

МРО директоры Я.Генжемуратов кирис сөз бенен ашып берди. Белгили филолог алымлар – филология илимлериниң докторлары Сәрсенбай Қазақбаев ҳәм Қабыл Мәмбетовлар ҳасыл сөз маржанларын терген қарақалпақ әдебиятының классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының бай руўхый мийрасларынан мысаллар келтирип, студент-жасларға оның дөретпелерин еле де терең үйрениў кереклигин айтып үгит-нәсиятлады. 

Буннан соң китапқумарлар клубы ағзалары шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигинен баянатлар жасады. Әдебий оқыўлар оқып, Әжинияз сөзине дуўтар менен нама қосықлар атқарды.

Кеше соңында МРО директоры Я.Генжемуратов «Китапқумарлар клубы»ның ең белсенди ағзалары Түркий тиллер факультети студентлери Жаббарбергенова Наргиза, Өмирбаева Гөззал, Қәдирбаева Азада, Юлдашев Жавланбеклерди ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықлады. 

Баслаўшы қыз Әжинияз Қосыбай улының тәкирарланбас тулға екенлигин, оның шығармаларын сүйип оқыўын айтып, жуўмақ жасады.