Парламентке сайланған депутатлар тийкарынан қайсы тараў ўәкиллери?

Усы жылдың 22-декабрь күни Өзбекстанда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине сайлаўлар өткерилди.

Өткерилген сайлаўлардың нәтийжелерине муўапық, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлығына 125 депутат сайланды. Қалған 25 депутат 5-январь күни болып өтетуғын сайлаўдың 2-турында сайланады.

Орайлық сайлаў комиссиясы парламентке сайланған 125 депутаттың қайсы тараў ўәкиллери екенлигине анықлық киргизди.

 

Демек, олар менен танысың:

 

Санаат кәрханаларының ўәкиллери – 2;

Исбилерменлер ўәкиллери – 5;

Аўыл хожалығы тараўы ўәкиллери – 11;

Қаржы, экономика ҳәм банк тараўы ўәкиллери – 19;

Ҳуқықтаныўшылар, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў уйымлары ўәкиллери – 19;

Илим, билимлендириў тараўы ўәкиллери – 22;

Медицина тараўы ўәкиллери – 8;

Мәденият, спорт, көркем өнер тараўы ўәкиллери – 1;

Жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери – 18;

Жаслар аўқамы ҳәм ҳаял-қызлар комитети ўәкиллери – 6;

Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери – 5;

Қурылыс, коммуникация, транспорт ҳәм байланыс тараўы ўәкиллери – 9.

 

Ислам Матеков.