Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты сайлаў мүддети питкен бос орынларға педагог-хызметкер лаўазымлары ушын таңлаў жәриялайды
Кафедра баслығы лаўазымына: Зоология, адам морфофизиологиясы ҳәм оны оқытыў методикасы, Факультетлер ара шет тиллери, Ботаника, экология ҳәм оны оқытыў методикасы кафедраларына.
Доцент лаўазымына: Ботаника, экология ҳәм оны оқытыў методикасы, Қарақалпақ тили, Қазақ тили ҳәм әдебияты (түркмен тили ҳәм әдебияты қәнигелиги) кафедраларына.
Үлкен оқытыўшы лаўазымына: Математика оқытыў методикасы, Милий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм хуқық тәлими (хуқық тараўлары бағдары), Рус тили ҳәм әдебияты кафедраларына.
Ассистент оқытыўшы лаўазымына: Зоология, адам морфофизиологиясы ҳәм оны оқытыў методикасы, Милий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм хуқық тәлими (милий идеяны оқытыў методикасы бағдары), Информатика оқытыў методикасы, Инглис тили ҳәм әдебияты, Рус тили ҳәм әдебияты, Мийнет тәлими, Мектепке шекемги тәлим (мектепке шекемги тәлим бағдары), Баслаўыш тәлим, Дене тәрбия (0,5 ст), кафедраларына.
Кафедра баслығы лаўазымын ийелеў ушын таңлаўда илим докторы, илим кандидаты илимий дәрежесине, профессор яки доцент илимий атағына, сондай-ақ тийисли қәнигелик бойынша шет мәмлекетлердиң философия докторы (PhD) илимий дәрежесине яки оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерге ийе болған шахслар қатнасыўы мүмкин.
Доцент лаўазымын ийелеў ушын таңлаўда, қайғыдаға көре, доцент, илимий атағына, үлкен илимий хызметкер яки илим докторы (кандидаты) илимий дәрежесине, сондай-ақ тийисли қәнигелик бойынша шет мәмлекетлердиң философия докторы (PhD) илимий дәрежесине яки оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерге ийе болған шахс қатнасыўы мүмкин.
Үлкен оқытыўшы лаўазымына жоқары мағлыўматқа ийе болған (магистр дипломлы) қәниге, илимий дәреже ҳәм илимий атаққа ийе болған (сондай-ақ тийисли қәнигелик бойынша шет мәмлекетлердиң философия докторы (PhD) илимий дәрежесине яки оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерге) ҳәм бундай дәреже ҳәм атаққа ийе болмаған, бирақ оқытыўшылық, илим изертлеў ҳәм ислеп шығарыў ислери тәжирийбесине ийе болған пуқаралар да қатнасыўы мүмкин.
Ассистент лаўазымына ийелеў ушын таңлаўда жоқары мағлыўматқа ийе болған шахс (магистр, дипломлы қәниге), сондай-ақ илимий дәреже (атап айтқанда, илим кандидаты, тийисли қәнигелик бойынша шет мәмлекетлердиң философия докторы (PhD) илимий дәрежесине яки оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерине) ҳәм илимий атаққа ийе болған ҳәм де бундай дәрежеге ҳәм атаққа йие болмаған, бирақ оқытыўшылық, илимий-изертлеў ҳәм ислеп шығарыў жумыслары тәжрийбесине ийе болған шахслар да қатнасыўы мүмкин.
Таңлаўға қатнасыўды қәлеўшилер институт ректоры атына арза, кадрларды есапқа алыў бойынша жеке ис қағазы, дипломлары ҳәм илимий жумысларының дизими, сондай-ақ қәнигелигин жетилистиргенлиги ҳаққындағы гуўалығының көширмелерин тапсырады.
Таңлаўға қатнасыў ушын арзалар дағаза жәрияланған күннен баслап 1 айдан кешикпей берилиўи керек.
Таңлаў шәртлери бойынша қосымша мағлыўматларды институт кеңеси хаткеринен билиўиңизге болады.
Мәкан жайымыз: Нөкис қаласы, П.Сейтов көшеси номерсиз жай.
телефон: (61) 229-40-52