Физика-математика факультетинде академик пенен ушырасыў болып өтти
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты физика-математика факультетинде Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети жанындағы Нано технологияларды раўажландырыў орайының директоры, академик Комил Муқимов пенен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўға факультет профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Ушырасыўда академик К.Муқимов нано технологиялар ҳәм олардың турмысымыздағы әҳмийети ҳаққында жыйналғанларға кең түрде түсиник берди. Бул бойынша алдағы ўақытларда исленетуғын жумысларға тоқталып, баянат жасады.
Ушырасыўда профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер нано технологиялар бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алып, академик пенен өз ара пикирлести.
Илажға Нано технологияларды раўажландырыў орайының үлкен илимий хызметкери М.Боранов ҳәм институттың илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов қатнасты.
