Қазақстан Республикасы Мәжилис депутаты институт ректоры және қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасына китап саўға етти

Академиялық мобильлик тийкарында Қазақстан Республикасының Л.Н.Гумилёв атындағы Евразия миллий университетинде оқып атырған институттың бир топар студентлери көп функционаллық илимий-аналитикалық, гуманитарлық ҳәм билимлендириўди раўажландырыў ушын хызмет ететуғын «Назарбаев орайы»на барды.

Ол жерде студентлер Қазақстан Республикасы парламенти – Мәжилис дептутаты Ерсултан Бектурғанов пенен ушырасты.

Депутат илимий изертлеў ҳәм билимлендириў бағдарлары бойынша жаслар менен сәўбетлесип, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры Б.Отемуратовқа, сондай-ақ, институттың қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасына китаплар, естелик саўғаларын берди.

 

НМПИ баспасөз хызмети