Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресемиз

Институттың физика-математика факультетинде «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» атамасында студент-жаслар арасында үгит-нәсият илажы болып өтти.
Илажды факультет деканының орынбасары Х.Есемуратов басқарып барды.
Ушырасыўға Нөкис қаласындағы Имәм Ийшан Муҳаммед жәмәәтлик мешити имәм-хәтиби орынбасары Қ.Турдымуратов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қазы жәрдемшиси Т.Досымбетова, Нөкис қалалық ҳәкимлигиниң дин ислери бойынша бас қәнигеси Х.Незаматов, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими баслығы Қ.Нуратдинов, Нөкис қалалық Ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы 5-ИИБ профилактикалық инспекторы, лейтенант М.Абатов, Жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси баслығының орынбасары П.Қазақбаев ҳәм факультет студент-жаслары қатнасты.
Илажда жаслар арасында диний экстремизм, терроризм, ерте турмыс қурыў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлық сыяқлы ҳәрекетлерди болдырмаў, алдын алыў мәселелери додаланды.
Студентлер менен сораў-жуўаплар тәризинде пикир алмасылды.