Баслаўыш тәлим педагогикасы ҳәм психологиясы кафедрасының үлкен оқытыўшысы студент-жаслар менен биргеликте Әлийшер Наўайы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың туўылған күни мүнәсибети менен байрам кешесин шөлкемлестирди

Баслаўыш тәлим педагогикасы ҳәм психологиясы кафедрасының үлкен оқытыўшысы Т.Есемуратова студент-жаслар менен биргеликте «Уллы бабаларымыз, классик шайырлар ҳәм мәмлекетлик искерлер Әлийшер Наўайы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың туўылған күни мүнәсибети менен байрам кешесин шөлкемлестирди.

Байрам кешесинде уллы тулғалардың дөретиўшилик хызметлери ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың әўладлары, үй музейи, Тажмаҳал, соның менен бирге Әлийшер Наўайының «Ҳамса» 5 томлық китабы ҳаққында кеңнен түсиниклер берилди.

Кеше соңында уллы тулғалардың өмири ҳәм дөретиўшилиги студент-жаслар тәрепинен инглис тилинде сахналық көринислер ҳәм қосық қатарлары менен даўам етти.