Өсербай Әлеўовтың «Дүнья, сени биле алмадым…» атамасындағы қосықлар топламы баспадан шықты

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты педагогика кафедрасының профессоры, педагогика илимлериниң докторы, шайыр Өсербай Әлеўовтың «Дүнья, сени биле алмадым…» атамасындағы қосықлар топламы баспадан шықты.
Шайыр Өсербай Әлеўовтың бул китабы «Мазлумхансулыў», «Пикир дүньям», сондай-ақ, 2019-жылы жазыўшы ҳәм шайырлардың көркем шығармалары бойынша «Ең уллы, ең әзиз» республикалық таңлаўында 2-орынға миясар болған «Сезимлерим» атамасындағы қосықлар топламларынан кейинги төртинши қосықлар топламы болып есапланады.
Шайыр қарақалпақ поэзиясын еркин пикирге ийе ойшыллық пенен байыта алыўы, адамлардың ишки дүньясын шебер ашып бериўи ҳәм лирикалық қосық жазыў қағыйдасын әмелде көрсетип бериў сыяқлы жетискенликлери менен ажыралып турады.
Китапқа Өзбекстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, шайыр Б.Генжемуратов, Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылары аўқамларының ағзасы, шайыр Ә.Өтепбергеновлар пикир билдирген.
Жүгинис Султамуратов,
Педагогика факультети деканының орынбасары.