Мектепке шекемги тәлим факультетинде институтты раўажландырыўдың 7 баслы бағдары додаланды

Институттың мектепке шекемги тәлим факультетинде институтты 2020-2024-жылларда ҳәр тәреплеме раўажландырыў мақсетинде институт ректоры тәрепинен ислеп шығылған 7 тийкарғы бағдарды профессор-оқытыўшылар арасында додалаў илажы болып өтти.

Илажды факультет деканы М.Алламбергенова басқарып барды.

Бул бойынша факультетте әмелге асырылатуғын жумыслар ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынды.

Илажда мектепке шекемги тәлим педагогикасы ҳәм психологиясы кафедрасының баслығы А.Бекимбетова, мектепке шекемги тәлим кафедрасының үлкен оқытыўшысы Р.Әлеўова өз пикир ҳәм усынысларын билдирди.