Институттың түркий тиллер факультетинде аттестацияға таярлық бойынша жәрияланған сын материалға

Усы жылдың 5-март күни Телеграм социаллық тармағындағы «Ziyaev Blogi» каналында «Жанкүйер Қайырқом» авторлығындағы «НМПИде нелер болып атыр?» атамасындағы сын материал жәрияланды.

Онда тийкарынан 2020-жылы ноябрь айында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты аттестациядан өткерилетуғынлығы, бирақ институттың түркий тиллер факультети қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бағдарында оқып атырған студентлер усы аттестацияға таярланып атырғаны, студентлер арасында питкериўши 4-курс студентлериниң де бар екенлиги, олардың ноябрь айында болып өтетуғын аттестацияға не байланысы бар екенлиги сынға алып жазылған.

Шыны менен де, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты 2020-жылы ноябрь айында аттестациядан өткерилиўи жобаластырылған. Бирақ, студентлерди, соның ишинде питкериўши 4-курс студентлерин усы аттестацияға таярлап атырғаны ҳаққындағы жазылған пикирлер улыўма надурыс.

Хабарыңыз бар, өткен жылы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы Өзбекстанда биринши мәрте жоқары оқыў орынларының миллий рейтингин жәриялады.

Усы рейтинг ҳәр жылы өткерилиўи белгиленген болып, мәмлекетлик инспекция тәрепинен быйылғы жылы апрель айында барлық жоқары оқыў орынларында рейтинг баҳалаў жумыслары әмелге асырылыўы белгиленген.

Сол тийкарда институттың түркий тиллер факультети қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бағдарында оқып атырған студентлер арасында Өзбекстан жоқары оқыў орынларының миллий рейтинги қайсы критериялар бойынша өткерилетуғынлығы, тест сораўларының күтилетуғын бағдарлары ҳаққында консультация жумыслары алып барылмақта.

Итибарға алатуғын және бир тәрепи, консультация бериў бойынша көпшилик студентлердиң өзлери қызығыўшылық билдирген. Өйткени, бул институттың Өзбекстан жоқары оқыў орынлары миллий рейтингиндеги орнына тәсир ететуғын фактор болып табылады.

Және бир айта кететуғын жери, консультация ҳеш қандай мәжбүрий талаплар ямаса ҳәрекетлер тийкарында өткерилмейди. Оған қәлеўшилер қатнасыўы, қәлемейтуғынлар қатнаспаўы да мүмкин. Бул ҳеш қандай мәжбүрий емес.

Усы орында соны айрықша атап өтиў керек, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты педагогика бағдарындағы Өзбекстандағы үлгили жоқары оқыў орынларының бири болыў, заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе кадрларды таярлап шығарыў ушын барлық имканиятларын иске қосыўды, бунда ҳеш қандай мәжбүрий ҳәрекетлерсиз, нызам талаплары тийкарында жумыс алып барыўды баслы мақсет етип белгилеген.

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты баспасөз хызмети